Бүгинги көшпели қабыллаў райондағы “Қуралпа” АПЖ да өткерилди. Оған райондағы төрт сектор басшылары,Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қараөзек районындағы халық қабыллаўханасы ҳәм бир қатар мәкеме, кәрхана басшылары қатнасып, пуқаралардың мүрәжатларын тыңлады. Қабыллаўда пуқаралар тәрепинен бир қатар машқалалар билдирилип, сектор басшылары тәрепинен үйренилди ҳәм орынланыўы мүддет талап ететуғын мүрәжатлар қадағалаўға алынды.