“Aвтомобиль транспортында жолаўшылар тасыў искерлигин тәртипке салыўды жәнеде әпиўайыластырыў илажлары ҳаққында”ғы Өзбекстан Песпубликасы Президентиниң 5108-санлы қарары қабыл етилди
Қарарға муўапық, 2021-жыл 15-майдан 2022-жыл ақырына шекем автомобилде жолаўшы тасыў искерлигин тәртипке салыўды әпиўайыластырыў бойынша эксперимент өткериледи. Бунда:
– жолаўшыларды айдаўшыдан тысқары төрттен адамнан артық болмаған орынлықларға ийе болған жеңил автотранспортларда тасыў жеке тәртиптеги исбилерменлер шуғылланыўы мүмкин болған искерлик түрлери дизимине киргизиледи;
– жеке тәртиптеги исбилерменлер тәрепинен жолаўшыларды жеңил автотранспортларда тасыў лицензияға тийкар әмелге асырылады;
– лицензия 21 жасқа толған ҳәм басқарыўында арза бериў ўақтында 10 жылдан артық болмаған ўақыт даўамында эксплуатация етилип атырған автомобили бар болған жеке тәртиптеги исбилерменлерге “Лицензия” мәлимлеме системасы арқалы бериледи;
– автомобилде жолаўшыларды тасыў менен шуғылланатуғын жеке тәртиптеги исбилерменлер “Aккредитация орайы” МУК да аккредитациядан өткен техникалық хызмет көрсетиў станцияларында 6 айда кеминде 1 мәрте транспорт қуралын техникалық көриктен өткериўи шәрт;
– жеке тәртиптеги тасыўшылар лицензияға ийе кәрханаларда ҳәмде жолаўшы тасыўшыларға жолаўшыларды (клиент) излеў бойынша интерактив хызметлерди көрсетиўши исбилерменлер (агрегаторлар) тәрепинен шөлкемлестирилген арнаўлы тексериў пунктлеринде айлық медициналық көриктен өтиўлери шәрт;
– жеке тәртиптеги тасыўшыларға жолаўшыларды автомобиль транспортында тасыў искерлиги шеңберинде хызметкерлерди иске жаллаўға рухсат етилмейди;
– 2021-жыл 1-сентябрге шекем жеке тәртиптеги тасыўшыларды мәмлекетлик дизимнен өткенлиги ушын мәмлекетлик бажы өндирилмейди;
– жеке тәртиптеги тасыўшылардан лицензия бети берилгени ушын мәмлекетлик бажы жылына базалық есаплаў муғдарының бир есеси муғдарында өндириледи. Бунда мәмлекетлик хызметлерин көрсеткени ушын жыйым өндирилмейди;
– жеке тәртиптеги тасыўшылар қатаң белгиленген муғдарда физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығын 3 тоннаға шекем жүк көтериў имканиятына ийе автомобиль транспортында жүклерди тасыў искерлиги менен шуғылланыўшы жеке тәртиптеги исбилерменлер ушын белгиленген ставкада төлейди.
Қараөзек районы Мәмлекетлик хызметлер орайы қәнийгеси А.Маханов