Бийдай егисине таярлық семинар

Бүгин райондағы “Бердақ” АПЖ аймағындағы “Амирбай ата” фермер хожалығында 2022-жылдың гүзлик бийдай егисине таярлық көриў жумысларына арналған семинар кеңес болып өтти. Семинарға Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы Министриниң биринши орынбасары Ш. Тешаев, район ҳәкими У. Утамбетов, сектор баслықлары, фермерлер менен аўыл хожалығына тийисли тараў басшылары қатнасты. Семинарда шығып сөйлеўшилер бийдай егисин тез күн ишинде сапалы етип егиў, келген суўдан үнемли пайдаланыў бүгинги күнниң әҳмийетли жумысларының бири екенлигине тоқтап өтти.

Сондай-ақ бийдай егисине қатнасыўшы техникаларды мәўсимге таярлаў жумыслары оған қатнасыўшы механизаторларға қолайлы шараятлар жаратып бериў зәрүр екенликлерин атап өтти. Семинар соңында егиске қатнасыўшы техникалар бир қатар көзден өткерилди.