Бүгин райондағы “А. Досназаров” АПЖ аймағындағы “РАNAEV FARMS” шарўа фермер хожалығында көргизбели семинар болып өтти. Семинарға Қарақалпақстан Республикасы шарўашылық ҳәм ветеринария комитети ҳәм басқада тийисли министрликлерден ўәкиллер менен республикамыз аймағындағы шарўа фермер хожалықлары қатнасты. Семинарда шығып сөйлеўшилер быйылғы жылдың гүз ҳәм қыс айларынан шарўа малларын тоқ ҳәм шығынсыз алып шығыў, от-жем базасын топлаў бойынша мәсләҳәтлерин берди. Семинарда қатнасыўшылар фермер хожалығының алып барып атырған жумыслары менен кеңнен танысты.