Қараөзек районында социаллық жәрдемге мүтәж, жалғыз баслы майыплылығы болған инсанларға жәрдемлер көрсетилип, олар район ҳәкимлиги тәрепинен қадағалаўға алынған. Биринши сектор аймағындағы “Есим” МПЖ аймағында жасаўшы Генжегул Қалмағанбетова өзгелер жәрдемине мүтәж шаңарақлардың бири еди. Оның бурынғы жайының тозыўы жетип, жасаў мүмкиншилиги болмағаннан соң, район ҳәкимине мүрәжат етти.
Оның мүрәжаты район ҳәкимлиги тәрепинен үйренип шығылып, усы жылдың февраль айынан баслап райондағы бир қатар қәўендер мәкемелердиң жәрдеми менен қурылыс жумысларын алып барды. Ҳәзир болса оның жайы толық қурып питкерилип, замагөй усылда 3 ханалы етип тапсырылды. Усы мүнәсебет пенен район ҳәкими Г. Қалмағанбетованың шаңарағында болып, шаңарақ ийесин ҳәм қурылысшыларды қутлықлады ҳәм қәўендерлерге өз миннетдаршылығын билдирди.