«Aвтомобиль транспортында жолаўшылар тасыў искерлигин тәртипке салыўды жәнеде әпиўайыластырыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-5108 санлы Президент қарары қабыл етилди.
Қарарға тийкар, 2021-жыл 15-майдан 2022-жыл ақырына шекем автомобильде жолаўшы тасыў искерлигин тәртипке салыўды әпиўайы-ластырыў бойынша эксперимент өткериледи.
Бунда бул хызмет пенен шуғылланбақшы болған пуқаралар дәслеп Мәмлекетлик хызметлер орайы тәрепинен яки fo.birdarcha.uz сайты арқалы онлайн тәризде жолаўшыларды айдаўшыдан тысқары төрттен артық болмаған орынлықларға ийе болған жеңил автотранспортларда тасыў искерлигин таңлап жеке тәртиптеги исбилермен сыпатында мәмлекетлик дизимнен өтиўи тийис.
– жеке тәртиптеги исбилерменлер тәрепинен жолаўшыларды жеңил автотранспортларда тасыў лицензия бетине тийкар әмелге асырылады;
– лицензия бети 21 жасқа толған ҳәм басқарыўында арза бериў ўақтында 10 жылдан артық болмаған ўақыт даўамында эксплуатация етилип атырған автомобиль бар болған жеке тәртиптеги исбилерменлерге “Лицензия” мәлимлеме системасы арқалы бериледи;
-жеке тәртиптеги тасыўшыларға жолаўшыларды автомобиль транспортында тасыў искерлиги шеңберинде хызметкерлерди иске жаллаўға рухсат етилмейди;
– автомобильде жолаўшыларды тасыў менен шуғылланатуғын жеке тәртиптеги исбилерменлер “Aккредитация орайы” МУКда аккредитациядан өткен техникалық хызмет көрсетиў станцияларында 6 айда кеминде 1 мәрте транспорт қуралын техникалық көриктен өткериўи шәрт;
– жеке тәртиптеги тасыўшылар лицензияға ийе кәрханаларда ҳәмде жолаўшы тасыўшыларға жолаўшыларды (клиент) излеў бойынша интерактив хызметлерди көрсетиўши исбилерменлер (агрегаторлар) тәрепинен шөлкемлестирилген арнаўлы тексериў пунктлеринде айлық медициналық көриктен өтиўи шәрт;
-2021-жыл 1-сентябрьге шекем жеке тәртиптеги тасыўшыларды мәмлекетлик дизимнен өткергени ушын мәмлекетлик бажы өндирилмейди;
– жеке тәртиптеги тасыўшылардан лицензия бети берилгени ушын мәмлекетлик бажы жылына БЕМның бир есеси муғдарында өндириледи. Бунда мәмлекетлик хызметлерин көрсеткени ушын жыйым өндирилмейди;
– жеке тәртиптеги тасыўшылар қатаң белгиленген муғдарда физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығын 3 тоннаға шекем жүк көтериў имканиятына ийе автомобиль транспортында жүклерди тасыў искерлиги менен шуғылланыўшы жеке тәртиптеги исбилерменлер ушын белгиленген ставкада төлейди.
Қараөзек районы Мәмлекетлик хызметлер орайы жетекши қәнигеси И.Женисбаев