Қараөзек районындағы «Қәлим Бекполат» фермер хожалығында жайласқан Гидропоника усылында салынған «Ыссыханада» ҳәм «РАNAEV FARMS» шарўа фермер хожалығында ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң қатнасында Медиа тур болып өтти. Онда журналистлер бул орынлардағы жумыслар менен танысып, өзлерине керекли болған мағлыўматларға ийе болды ҳәм Қарақалпақстан телеканалына арнаўлы көрсетиў таярланды.