Оқыў курсын тамамлаған ҳаял-қызларға сертификатлар тапсырылды.

Қараөзек районында “Ҳаяллар дәптери” нде турған бир қатар ҳаял-қызлар, Қарақалпақстан Республикасы ҳаял-қызлар исбилерменлик орайы тәрепинен  кәсипке қайта таярланып, оларды тигиўшилик ҳәм гөззаллық салоны жөнелислерине үйретти. Оқыў курсын табыслы тамамлаған қызларға арнаўлы сертификатлар тапсырылды. Енди оларға жеңиллетилген кредитлер алып, жумыс баслаўына имканиятлар жаратылады.