Сектор басшылары тәрепинен пуқаралардың мүрәжатлары үйренилмекте.

Қараөзек районында ҳәр ҳәптениң жума күни, Халық қабыллаўханасында сектор басшылары ҳәм тийисли шөлкемлердиң қатнасыўында пуқараларды қабыллаў өткериледи. Қабыллаўда пуқаралар тәрепинен егислик жерлерин суўғарыў, жумыссызлық, напақа, материаллық жәрдемлер бойынша мүрәжатлар билдирилип, сектор басшылары тәрепинен үйренилип, тийисли жуўаплар берилмекте.