2021-жыл 19-августь кунги жағдайына Қараөзек районы бойынша коронавирус инфекциясы менен кеселленген наўкаслардың саны 133 адамды қурайды.Соннан 5 пуқара стационар шараятта, 32 пуқара коронавирустың жеңил формасы менен уй шараятында аймаклық поликлиникалар қадағалаўы астында емленбекте. Ал 1 пуқара коронавирус инфекциясы менен кеселленип қайтыс болды.Бугинги кунге шекем 95 пуқара саўалып уй карантининен шығарылды.
Район халқын коронавирус инфекциясына қарсы шаншыў жумыслары усы жылдың 10-апрель кунинен басланып, бугинги кунге шекем даўам етип атыр.
Район аймағында жасаўшы жәми 33108 пуқараны коронавирус инфекциясына қарсы шаншыў жумыслары режелестирилген.
2021-жыл 19-августь кунине шекем коронавирус инфекциясына қарсы 17962 доза вакцина алып келинди.
Соннан;
14362 доза – «ZF-UZ-VAC2001» ϴзбекистан – Қытай вакцинасы;
1050 доза – «AstraZeneca» Ҳиндистан вакцинасы;
450 доза – «Спутник V» Россия вакцинасы;
2100 доза – «Moderna» АҚШ вакцинасы;
Қараѳзек районында 19-август кунине шекем 17956 шаншыў ѳткерилген.
Соннан:
-биринши тур шаншыў жумыслары 12517 пуқараға;
-екинши тур шаншыў жумыслары 3803 пуқараға;
-ушинши тур шаншыў жумыслары 1636 пуқараға өткерилди.
2292 пуқараға шаншыў жумыслары толық жургизилди.
Ҳәзирде эпидемиологиялық бақлаў ҳәм коронавирус инфекциясының алдын алыў бойынша профилактикалық илажлар даўам етпекте.
Ҳүрметли пуқаралар!
Бүгинги күнде ҳүкиметимиз тәрепинен карантин қәделери бойынша бир қанша жумсартыўшы жеңилликлер берилгени менен еле халықымыздан арқайынлыққа берилместен өз-ара қарым-қатнасықта социаллық аралықты сақлаў, қол берип көриспеўди, көшеге шыққан жағдайда жүзимизге нықап тағыўды ядымыздан шығармайық!