Өзбекстан қорғаныўға көмеклесиўши «Ватанпарвар» шөлкеми Қараөзек районлық бөлиминде район ҳәкимлигиниң мәлимлеме хызмети, Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы районлық бөлими ҳәм Өзбекстан қорғаныўға көмеклесиўши «Ватанпарвар» шөлкеми районлық бөлиминиң оқытыўшылары қатнасыўында баспасөз конференция болып өтти. Конференцияда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 17-декабрь күнги «Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик Ғәрезсизлигиниң отыз жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны жоқары дәрежеде өткериў ҳаққында» ғы ПҚ-4926-санлы қарарының мазмун-мәниси кең түрде түсиндирилди. Сондай-ақ конференция қатнасыўшылары «Ватанпарвар» шөлкеминде билим алып атырған оқыўшылардың жағдайлары менен кеңнен танысып өтти.
Мағлыўмат орнында айтыў керек, усы жылдың 6 айы даўамында «Ватанпарвар» шөлкеминде «В», «ВС» категориясы бойынша жәми 175 автомашина айдаўшы қәнигелер таярланды. 2021-жылдың 25-март күни Қараөзек районы ҳәкиминиң №197/3 санлы қарары тийкарында «Жаслар даптери» не киритилген пуқараларды қоллап-куўатлаў жамғармасы енгизилди ҳәм де айдаўшылық курсларына оқыўды қәлеўши 25 жастың оқыў төлеми жамғарма есабынан қаплап берилди. Усы жылдың екинши ярымында «Ватанпарвар» шөлкеми тәрепинен автомашина айдаўшы қәнигеликлер ушын 200 ге жақын пуқараларды оқытыў режелестирилген.