Көшпели мәмлекетлик хызметлер көрсетилди

Қараөзек районы Мәмлекетлик хызметлер орайы хызметкерлери тәрепинен район аймағында жайласқан “Қутлы мәкан” МПЖ ҳәм “Мәденият” АПЖ  аймақларындағы турғынларға көшпели мәмлекетлик хызметлер көрсетилди. Халықтың узағын жақын етип, халқымызға  қолайлық жаратыў мақсетинде пуқаралардың бир қанша мүрәжатлары усы жердиң өзинде қабылланып,  унамлы шешимлерин тапты. Орай тәрепинен  аймақ турғынларына жәми 40 тан аслам мәмлекетлик хызметлер көрсетилди. Атап айтқанда, мәмлекетлик балалар бақшасына нәўбетке қойыў, кадастр ҳүжжетлерин рәсмийлестириў, судланбағанлық ҳаққында мағлыўматнама алыў, коммунал тармақларына жалғаныў ҳ.т.б хызметлер көшпели тәртипте көрсетилди.

 Көшпели хызметлер көрсетиў даўамында аймақ турғынларына  ҳуқықый мәсләҳәтлар берилип, халықтың саўатқанлығын асырыў мақсетинде тараўға байланыслы жаңадан қабыл етилген норматив-ҳүжжетлердиң мазмун-мәниси бойынша  түсиник жумыслары алып барылды.