Қарақалпақстан Республикасы суў хожалығы министрлигиниң қурылыс ҳәм оңлаў ислери бойынша механизация базасы экскаватор машинисти Разов Жеткербай Бектемирович «Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен ирригатор» ҳүрметли атағы менен сыйлықланды.
Мағлыўмат ушын:
Ж.Разов усы күнге шекем Қараөзек районы Қуўаныш жарма ирригация басқармасында экскаватор машинисти лаўазымында ислеп киятыр.