Өзин-өзи басқарыў уйымлары басшыларына сайлаў нызамшылығы бойынша семинар тренинг өткерилди

Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының 2021-жылдың 14-апрель күнги «Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўына таярлық көриў бойынша айрықша илажлар жойбарын тастыйықлаў ҳаққында» ғы 1064-санлы қарарының 13-бәнтине тийкарланып, 2021-жылдың июль–сентиябрь айларында пуқаралардың өзин-өзи басқарыў органлары ўәкиллериниң сайлаўда бақлаўшылар сыпатында қатнасыўы ушын зәрүр билим ҳәм көнликпелерин асырыў мақсетинде, орынларда сайлаў  өтиўин бақлап барыў тәртиби бойынша семинар тренглер өткериў режелесирилген.

Усы тапсырманың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў минстрлигиниң   илимий-изертлеў институты қәнийгеси Ҳ. Норқулов, Шымбай, Тахтакөпир, Қараөзек районлары пуқаралар жыйынлары баслықларының қатнасыўында, Қараөзек районы Кәсип-өнер мектеби мәжилислер залында оқыў семинар шөлкемлестирди.