Байрам илажы ат шабар майданда даўам етти.

Районымызда өткерилген ғәрезсизлик байрам илажы райондағы ат шабар майданында даўам етти. Илажда шығып сөйлегенлер, бәрше  спортшыларды байрам мүнәсебети менен қызғын қутлықлап, мәмлекетимиз тәрепинен ат спортына берилип атырған итибар ҳәм бул спорт түрин кеңнен ен жайдырыў кереклигин атап өтти. Буннан соң узақ айланыўға ат жибериў, шабондозлардың көкмар (ылақ) ойынлары даўам етип, спортшылар өз-ара кескин беллести. Жарыс соңында жеңимпаз спортшыларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен қымбат баҳалы саўғалар берилди.