Ҳүрметли районымыз халқы!
Ең дәслеп, Сизлерди Қараөзек районы ҳәкимлиги атынан елимиз тарийхындағы қутлы сәне, еркин ҳәм абадан турмыс жолындағы барлық табысларымыздың тийкары болған ең уллы ҳәм ең әзиз әййям – Ғәрезсизлигимиздиң отыз жыллық байрамы менен қызғын қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, шаңарақларыңызға бахыт ҳәм берекет, елимиздиң және де раўажланыўы жолындағы барлық ийгиликли ислериңизде тасқын табыслар тилеймен!
Быйылғы Ғәрезсизлик байрамы Ҳүрметли Президентимиздиң арнаўлы қарарына муўапық пүткил елимиз бойлап «Жаңа Өзбекстанда еркин ҳәм абадан жасайық!» деген терең мазмунлы сүрени астында өткерилиўи кеўиллерди толқынландырып, бәршени уллы дөретиўшилик ислерге руўхландырмақта.
Соны мақтаныш пенен атап өтиўимиз тийис, бүгинги күнде Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында елимиздиң барлық орынлары сыяқлы районымыз жаңаша шырай ашып, үлкен дөретиўшилик майданына айланып бармақта. Кейинги жылларда қурылыс тараўында да районымыз аймағында кең көлемли қурылыс оңлаў жумыслары алып барылмақта.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Абат аўыл” бағдарламасына киритилген «Бердақ» ҳәм «Қойбақ» АПЖ аймағында социаллық тараў объектлеринде, инженерлик коммуникация тармақлары тараўларында, халықтың ишимлик суўы тәмийнатын жақсылаў мақсетинде, жол инфраструктурасын раўажландырыў бойынша жәми 45,4 млрд сумлық қурылыс жумыслары алып барылып жуўмақлаў алдында тур. Буннан басқа да, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 2021-жыл 4-май күнги “2021-2022-жылларда Қараөзек районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыўға қаржы ажыратыў ҳаққында” ғы 325-санлы Президиум қарарына тийкар район аймағында жами 43,2 млрд сумлық ири қурылыс оңлаў жумыслары режелестирилген болып, яғный 7,5 млрд сумлық “Мәденият сарайы”, 4,5 млрд сумлық “Жаслар орайы”, 1,5 млрд сумлық “Нураныйлар мәсканы”, 3 орында мектепке шекемги билимлендириў мәкемесин жаңадан қурыў, 5,6 млрд сумлық 15 км ишки жолларды оңлаў, 3,5 млрд сумлық ишки көшелерге пиядалар жолын қурыў ҳәм жақтыландырыў жумысларын алып барыў белгиленген. Инвестиция ҳәм басқада раўажландырыў бағдарламалары тийкарында бир қатар жумыслар әмелге асырылмақда. Яғный, районымыздағы 2020-2023 жылларда 1 млрд сумлық «Есимөзек» каналының жәми 2,5 км реконструкция қылыў, 1,7 млрд сумлық «Аллаяр Досназаров» АПЖ аймағындағы 14-санлы мектепке реконструкция қылыў, 7,1 млрд сумлық район орайынан пиядалар ҳәм велосипед жолын қурыў, «Қишлоқ қурилиш инвест» кәрханасы тәрепинен 5,4 млрд сумлық 1 дана 5 қабатлы 30 квартиралы турақ жай қурыў ҳәм усы бағдарламасы тийкарында, 2022-2023-жылларда қурылыўы режелестирилген 4,9 млрд сумлық «Есим» МПЖ аймағындағы «Қараөзек» суў бөлистириў станциясын реконстукция қылыў ҳәм 3,8 млрд сумлық «А. Досназаров» АПЖ («Сийтек жап», «Қазаяклы аўыл», «Султамурат аўыл») елатлы пунктиндеги суўды тазалаўшы станциясын реконструкция қылыў ҳәм 11,6 км узынлықтағы ишимлик суўы тармақларын жаңадан тартыў жумыслары, усы жыл басынан басланыўы режелестирилген.
Қәдирли дослар!
Сизлерди және бир мәрте Ғәрезсизлигимиздиң отыз жыллық байрамы менен қызғын кутлықлайман. Елимиздиң буннан былай да гүллеп-раўажланыўы, халқымыздың бахытлы ҳәм абадан турмысы жолындағы барлық ийгиликли ислериңиз оңынан келе берсин, деймиз!
Илайым, ата-бабаларымыз әсирлер даўамында әрман еткен Ғәрезсизлигимиз мәңги болып, Ўатанымыздың уллы келешегин қурыў ушын үлес қосыў бахты ҳәммемизге несип етсин!