“СУЛТАМУРАТ” АЎЫЛЫНДАҒЫ МЕКТЕПТИҢ АШЫЛЫЎ САЛТАНАТЫ.

 

Жаңа оқыў жылының баслыныў мүнәсебети менен райондағы А. Досназаров аўыл пуқаралар жыйыны “Султамурат аўыл” елатлы пункти аймағындағы 14-санлы мектептиң ашылыў салтанаты болып өтти.

Имарттың ашылыў салтанатына район ҳәкими, аўыл жас үлкенлери менен қурылысшылар қатнасты. Онда шығып сөйлегенлер, мектеп жәмәәтин ҳәм оқыўшыларды имараттың ашылыўы, жаңа оқыў жылының басланыўы менен қызғын қутлықлады. Буннан соң дәстүрий лента кесилип, илаж қатнасыўшылары мектептиң класс жайлары менен танысып шықты. Усы күни мектепте оқыўшылар оқыўды “Ғәрезсизлик сабағы” менен баслады.  

Мектеп имараты усы жылы Инвестиция дәстүрине киргизилип, республика бюджети есабынан 1 млрд 756 млн сум қаржы ажыратылып, мектепте қурылыс оңлаў жумыслары толық жуўмақланып, пайдаланыўға тапсырылды.