РАЙОНДАҒЫ ИНВЕСТИЦИЯЛЫҚ ЖОЙБАРЛАР КӨРИП ШЫҒЫЛДЫ.

Усы жылдың 17-сентябрь күни Қараөзек районы ҳәкимилигиниң инвестициялар ҳәм сыртқы саўда бөлими хызметкерлери,  Наўайы мәмлекетлик кәншилик институты Нөкис филиалының жумыслары менен жақыннан танысты.
Танысыў барысында филиалдың  кәншилик иси қәнигелигиниң студент-жаслары менен ушырасып, таў-кән санаатын раўажландырыў ҳәм мәмлекетимизде бул тараўда әмелге асырылып атырған реформалар ҳаққында кең түрде түсиниклер берип өтти.
Сондай-ақ, районның «Қаратаў» аймағындағы  жер асты қазылма байлықларынан нәтийжели пайдаланыў, келешекте бул аймақты үлкен инвевстициялар аймағына айландырыў керек екенлиги атап өтилди.
Илаж барысында филиал басшылығы, район ҳәкимлиги менен келешекте өз-ара бирге ислесиў бойынша келисип алды.