Киши кѳлемли кемелерди дизимнен өткериў қағыйдалары тастыйықланды

Киши көлемли кемелер дегенимиз — тийкарғы двигателлериниң қуўатлығы 55 кВт (75 ат күши) ҳәм 12 пуқарадан көп болмаған жолаўшы сыятуғын өзи жүрер кемелер, көтерме моторлы кемелер, суў мотоцикллары (гидроцикллар), жүк көтериў қәбилети 80 регистр тоннадан артық болмаған өзи жүрер кемелер (ескекли қайықлар ҳәм суў велосипедлери), желкенли кемелер ҳаўа басымы менен толтырылатуғын яки жел берилетуғын моторсыз ескекли кемелер болып есапланды.    Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 02-август күнги “Киши көлемли кемелерден қәўипсиз пайдаланыўды тәмийинлеў ис-иләжлары ҳаққында” ғы 484-санлы қарары қабыл етилди. Қарар тийкарында Киши көлемли кемелерди дизимнен ҳәмде техник көриктен өткериў қағыйдалары тастыйықланды. Қағыйда талаплары тийкарында физикалық ҳәм юридикалық шахслар тәрепинен киши кѳлемли кемелер сатып алынғанда техник ҳалатына қарамастан, дизимнен өткериў ушын тийисли аймақлық Айрықша жағдайлар басқармасына 30 күн ишинде мүрәжаат етилиўи белгиленген.

Кемени дизимнен өткериўди Айрықша жағдайлар министрлигиниң “Киши көлемли кемелер” мәлимлеме дизими арқалы ҳәм әмелге асырылыўы мүмкин. Арза бир күн ишинде көрип шығылады. Соң, киши көлемли кеме дәслепки техник көриктен өткериледи ҳәм кеме билети ҳүжжетлестириледи.

Кемелерди дизимнен өткериў ушын төмендеги төлемлер өндириледи:

моторлы киши көлемли кемелерди дизимнен өткериў (қайта дизимнен өткериў) – базалық есаплаў муғдарының 20 проценти;

моторсыз киши көлемли кемелерди дизимнен өткериў (қайта дизимнен өткериў) – базалық есаплаў муғдарының 10 проценти;

кеме билети дубликатын бериў базалық есаплаў муғдарының
10 проценти муғдарында.

Дизимнен өткерилмеген кемелерден пайдаланыў қадаған етиледи.

 Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң ХI-бап 119-статьясына муўапық киши көлемли кемелер мәмлекетлик инспекциясы қадағалаўындағы киши көлемли кемелерди дизимнен өткериў ҳәм есапқа алыў қағыйдаларын бузғанлық ушын –

пуқараларға ең кем ис ҳақысының оннан бир бөлегинен екиден бир бөлегине шекем, юридикалық шахсларға – екиден бир бөлегинен бир есеси муғдарында жәрийма салыўға себеп болады.

Ҳүрметли физикалық ҳәм юридикалық шахслар!

 Өзиңизде бар болған киши көлемли кемелерден Нызамлы ҳәм қәўипсиз рәўиште пайдаланыў ҳәмде суў қәўиплеринен пуқаралардың өмири ҳәм ден-саўлығын қорғаў мақсетинде, киши көлемли кемелериңизди Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы тәрепинен мәмлекетлик дизимнен ҳәм техникалық тексериўден өткериўиңизди соранамыз.

Мәнзил: Нөкис қаласы, А.Утепов көшеси номерсиз жай. Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы
Тел. (61)224-70-16, (99)750-96-34

Қараөзек районы Айрықша жағдайлар бөлими