Медиа тур

Қараөзек районындағы «Тербенбес» көп тармақлы саўда орайы ҳәм бир қатар кийим-кеншек, ҳаял-қызлар  гоззалық салонларында, райондағы 33-санлы мектеп муғаллимлери менен жоқарғы класс оқыўшылары ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң қатнасында медиа тур шөлкемлестирилди. Онда қатнасыўшылар саўда орынларындағы исбилерменлик жумыслары менен танысып, өзлерине керекли болған мағлыўматларға ийе болды ҳәм тараў ўәкиллеринен қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.