ҚАРАӨЗЕК РАЙОНЫ МӘМЛЕКЕТЛИК ХЫЗМЕТЛЕР ОРАЙЫНЫҢ ЖАҢА ИМАРАТЫ ПАЙДАЛАНЫЎҒА ТАПСЫРЫЛДЫ.

Бүгинги күнде халық санының көбейип баратырғанлығы мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыӯға болған талаптың артыўында үлкен роль ойнамақта. Қараөзек районында бүгинги күнде 53 мыңнан аслам халық жасайтуғын болса, быйылғы жыл басынан усы күнге шекем 20 мыңнан аслам мәмлекетлик хызметлер көрсетилип, пуқаралардыӊ ҳәм исбилерменлик субъектлериниң машқалалары унамлы шешилиўине ерисилди. Халыққа хызмет көрсетиўде район орайынан алыс аймақларда көшпели мәмлекетлик хызметлер көрсетилиўи жолға қойылды, нәтийжеде усындай шетки аймақларда көшпели тәртипте, 2600 ден аслам мәмлекетлик хызметлер көрсетилиўге ерисилди. Халықтың мәмлекетлик хызметлерге болған талабын қанаатландырыў мақсетинде, 2021-жыл 29-Сентябрь күни районда  жаңа Орай имараты пайдаланыўға тапсырылды.

Имараттың салтанатлы ашылыў мәресиминде район ҳәкими У.Утамбетов Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси баслығының орынбасары А. Давлетов,  Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы М. Абдижалиев ҳәм мәмлекетлик, жәмийетлик шөлкем хызметкерлери, мийнет нураныйлары менен кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты ҳәм бәршени имараттың ашылыўы менен қутлықлады. Буннан соң дәстүрий лента кесилип, орайдың ишки мүмкиншиликлери менен танысты. Ендигиден былай орайда электрон нәўбет алыў ушын инфокиоск, 10 қабыллаў айнасы, күтиў зонасы, китапхана, балалар майданшасы, районлық әдиллик бөлими, пуқаралық ҳалаты актлерин жазыў бөлими, инвесторлар ушын айрықша хана ҳәм банк кассалары шөлкемлестирилген.

Ҳәр қандай имараттың қурылыўында оның архитектуралық шешими ҳәм сапасы ең әҳмийетли орынды ийелейди. Сонлықтан да, Қараөзек районы мәмлекетлик хызметлер орайы қурылысында “UNIVERSAL PREMIUM STROY” жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен қурылыс жумыслары алып барылып, пайдаланыӯға тапсырылды.

Ҳәр тәреплеме заманагөй қолайлықларға ийе болған орай имараты ишинде бир неше мәмлекетлик уйымлардың жайластырылыӯы халқымызға тез ҳәм сапалы хызмет көрсетиўге шараят жаратады.  Жаратылған бундай шәраятлар пуқаралардың ўақтын тежеў менен бирге, мәмлекетлик уйымларға болған исениминиң артыўында үлкен әҳмийетке ийе.