1-ОКТЯБРЬ «МУҒӘЛЛИМЛЕР ҲƏМ УСТАЗЛАР» КҮНИ БАЙРАМЫ.

Халқымызда муғәллимди “Миллет тәрбияшысы” деп бийкарға айтпаған. Жас әўладтың санасына билим нурын таратыўда ҳәр бир айтқан ақыл нәсиятты инсан жүрегине жол таўып, кеўил сарайына адамгершилик пазыйлетин сиңдирип барыўда, устаз муғаллимлердиң бийминнет хызметлери айрықша. 1-Октябрь «Муғәллимлер ҳəм устазлар» күни мүнәсебети менен районлық ХББ не қараслы 2-санлы қәнигелестирилген улыўма орта билим бериў мектебинде  «Устазға ҳүрмет» атамасында илаж болып өтти.

Илажға мектептиң көп жыллық тәжирийбели устазлары, мектеп   оқыўшылары, ата-аналар ҳәмде ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.  Устаз мийнети улығланған елимизде узақ жыллар бир орында пидайы мийнет еткен устазымыз Алламберген Абдуллаевтың  мийнет жолын жасларға үлги етип, ата-аналар ҳәмде мектеп жәмәәти айырықша атап көрсетти. Бундай илажлардың өткерилиўи  жас әўлатлар есинде узақ мүддет сақланып, устазларға болған ҳүрметтиң еледе асыўына түртки болары сөзсиз. Устаз уллылығын ҳәмме мойынлайды ҳәттеки атаңда устаз алдында бас ийеди. Бәрше устазларды 1-Октябрь “Муғаллимлер ҳәм устазлар” күни кәсиплик байрамы менен  шын жүректен қутлықлап, машақатлы ҳәм абырайлы кәсиплериңизде беккем күш-қуўат, талмас ғайрат ҳәм бәлент мәртебе тилеймиз!