Ғәрезсиз мәмлекетимиздиң ертеңги келешеги кәмил инсанларды тәрбиялап жетилистириўге өзиниң барлық өмирин бағышлаған теберик инсанлар болған муғәллимлеримиз бенен қәдирли устазларымыздың «1-октябрь Муғәллимлер ҳәм устазлар күни» улыўмахалықлық байрамы, райондағы 16-санлы Балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебиниң залында болып өтти. Байрам салтанатына район ҳәкими, бир қатар тараў хызметкерлери, нураный муғәллимлер менен мектеп оқытыўшылары қатнасты. Онда шығып сөйлегенлер, өзлериниң барлық өмирин, қәлбиндеги нурын, меҳрин балаларға бағышлап, оларға илим-билим, өнер сырларын үйретип, халқымыздың иззет-ҳүрметине, шексиз алғысына мияссар болған устазларымызға өз миннетдаршылықларын билдири. Буннан соң бир қатар алдыңғы тәжирийбели жоқары нәтийжелерге ерискен муғәллимлерге район ҳәкимлигиниң ҳүрмет жарлықлары менен баҳалы саўғалары тапсырылды. Байрам илажы йошлы концерт бағдарламалары менен даўам етти. Усы күни бир қатар мектеплердиң таярлаған қол өнерментшилик көргизбелериде шөлкемлестирилди.