#Қутлықлаў

“1-Октябрь Муғәллимлер ҳәм Устазлар улыўмахалықлық байрамы” мүнәсебети менен республикамыздан бир қатар билимлендириў тараўы пидайылары сыйлықланды. Солар қатарында райондағы 33-санлы УОББ мектебиниң баслаўыш класс муғәллими Пирниязова Бахытгул Турсынбаевна “Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген халық билимлендириў хызметкери” ҳүрметли атағы менен сыйлықланды. Сондай-ақ “Ардақлы Нураный” көкирек белгиси менен нураный устаз Қәллибекова Марьяш Шәрибаевна сыйлықланды. Сыйлық ийелерин район ҳәкими У. Утамбетов қутлықлады ҳәм алдағы жумысларында табыслар тиледи.