Орынбаев Умиджан “Ташкент Олимпиадасы” ның жеңимпазы болды.

Қараөзек районы халық билимлендириў  бөлимине қараслы 2-санлы шет тиллерине қәнигелестирилген мәмлекетлик улыўма орта билим бериў мектебиниң 5-класс оқыўшысы Орынбаев Умиджан Ташкент қаласында өткерилген Ал Хоразмий атындағы халықара олимпиада мектеби ҳәм “PROMAX education” мәмлекетлик емес  билимлендириў мәкемеси менен биргеликте шөлкемлестирилген 3 басқышлы “Ташкент Олимпиадасы” ның 1-2 басқышларына биология пәнинен  қатнасып, жеңимпаз болды. Ол “Self  English innovatsion video servis”дәстүри бойынша 4.000000 сумлық сыйлық алды ҳәм финал басқышына жоллама алды. Соның менен бирге Умиджан 2022-жыл 9-январь күни өткерилген соңғы 3-басқышқа қатнасып, билимлер сынағынан жоқары балл менен өтип  жеңимпаз болып қайтты. Ол билим алыў менен бирге спорттың бокс түри менен де шуғылланады ҳәм бул спорт түриненде бир нешше мәрте сыйлы орынларды ийелеп келмекте.