Бүгин Қараөзек районы халық билимлендириў бөлимине қараслы 1-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде оқыўшы жаслардың уқыплылығын, дөретиўшилик қәбилетин жүзеге шығарыў, ақыл-санасын асырыў, дыққатын жәмлеў, есте сақлаў қәбилетин жақсылаў, интеллектуал жақтан раўажландырыў мақсетинде улыўма орта билим бериў мектеплериниң 5-8-класс оқыўшылары арасында «Өткир ақыл» таңлаўының районлық басқышы «Гранта интеллект раўажландырыў орайы» менен биргеликте өткерилди.
Таңлаўға улыўма орта билим бериў мектеплеринен 130 дан аслам оқыўшылар қатнасып, еки басқышта өз-ара күш сынасты.
Таңлаў нәтийжелеринде 5-8-класслар бойынша жеңимпаз оқыўшылар I-II-III- дәрежели өткир ақыл ийеси көкирек нышаны, номинациялар, дәрежели дипломлар менен сыйлықланды.