Ҳаял-қызлар арасында спорт жарысы шөлкемлестирилди

2022-жылдың 15-мартынан 15-апрель күнлери аралығында Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң 2022-жыл 15-марттағы  47-санлы бийлигине тийкар, “Ҳаял-қызлар арасында жынаятшылықтың алдын алыў айлығы” профилактикалық илажын өткериў режелестирилген еди.

Усы илаж тийкарында Қараөзек районы 3-сектор аймағында жасаўшы ҳаял-қызлар арасында спорттың “Волейбол” ҳәм “Шахмат” түрлери бойынша спорт ойынлары шөлкемлестирилди

Жарысты өткериўден мақсет, ҳаял-қызларымыз арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, спортты кеңнен ен жайдырыў, бос ўақтыларын болдырмай, ўақтын мазмунлы өткериў болып есапланады.

Жарыс соңында «Маденият» АПЖ ны командасы I-орынды, «Ғәрезсизлик гузары» МПЖ ны командасы II-орынды, «Қараөзек» ППЖ ны командасы III-орынларды ийеледи.

Жарыс қатнасыўшыларына үшинши сектор тәрепинен қымбат баҳалы саўғалар ҳәм дипломлар тапсырылды.