СПОРТ

Усы жылдың 25-26-март күнлери Кегейли районында спорттың аўыр атлетика түри бойынша, 2005-жылы ҳәм оннан киши жастағы жас өспиримлер арасында Кегейли районының ашық бириншилиги болып өтти.
Бул жарыста Қараөзек районынанда спортшылар қатнасып, өз салмақ категориялары бойынша күш сынасты.
Жарыс жуўмағында Ахметов Нурдаўлет, Базарбаев Мухаммет, Есназаров Алишер, Байниязов Жасур, Ерниязов Мусалар 1-орынды, Ҳамиратдинов Ғайрат, Жолымбетов Асылбеклер 2-орынды, Жийенбаев Исламлар сыйлы 3-орынларды жеңип алыўға мияссар болды.
Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм медаллар менен сыйлықланды. Жарысқа спортшыларды тренерлер, Ережеп Алмағанбетов ҳәм Икрам Отарбаевлар таярлады.