Соңғы ўақытларда елимизде заманагөй жүрек операциялары, инсан дене ағзаларын көширип өткизиў сыяқлы қурамалы хирургиялық әмелиятлардың жолға қойылыўы ҳәм қәўипли кеселликлер диагностикасының жақсыланыўы себепли сапалы қан компонентлерине болған мүтәжлик және де артты.
Усы мүнәсибет пенен Өзекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги басламасы менен пүткил Өзбекстан бойынша «Қан тапсыр – өмир инам ет!» қайырқомлық акциясы 2022-жыл 31-март күни Академик Ч. Абдиров атындағы Қараөзек районы медицина бирлеспесинде болып өтеди. Сол себепли Қараөзек районлық медицина бирлеспеси, бәрше ўатанласларымызды усы акцияға белсенди қатнасыўға, бийғәрез донор болып, жәрдемге мүтәж наўқасларға көмек бериўге шақырады.
Мәнзил: Қараөзек районы Ғәрезсизлик көшеси номерсиз жай