Шыпакерлер тәрепинен үгит-нәсият жумыслары алып барылмақта

Халықтың саламат турмыс тәризин қоллап-қуўатлаў ҳәм физикалық искерлигин әмелге асырыў бөлими тәрепинен 31-санлы мектепте АИЖС кеселлиги бойынша илаж өткерилди.

АИЖС ҳәзирги күнде дунья жәмийетшилигиниң глобал машқалаларының бири саналады. Кеселликке қарсы гүресиў ҳәм оның ақыбетлери ҳаққында жасларға толық мағлыўматлар берилди.

Илажда  Қараөзек районы медицина бирлеспеси шыпакерлери А.Қазақбаев ҳәм А.Тажетовалар тәрепинен  арттырылған иммунитет жетиспеўшилиги вирусының  жуғыў жоллары ҳәм оған қарсы гүресиў усыллары бойынша кеңнен түсиниклер берилди.