Пуқараларға ID карталары рәсмийлестирилип берилмекте
Қараөзек районлық ИИБ Миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў топарында, биометрик паспорт орнына енгизилип атырған идентификация ID карталарын алыў ҳәм алмастырыў бойынша районлық ИИБ Мигратция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў топарында усы жылдың март айы даўамында пуқараларға жами 233 дана ID карта рәсмийлестрилип берилди.
Соның менен бир қатарда 1094 шет елге шығыў биометрик паспортлар ушын пуқаралардың биометриялық ҳәм биографикалық мағлыӯматлары қабылланды.
Қараөзек районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети