Қараөзек районы ҳәкими У. Утамбетов ҳәм сектор баслықлары халықтың жасаў шараяты менен танысыў мақсетинде, аймақларды мәҳәллебай үйренбекте.
Бүгин нәўбеттеги көшпели қабыллаў райондағы «Қойбақ» АПЖ да болып өтти. Қабыллаўда район ҳәкими аймақ турғынлары менен қыйнап атырған машқалалары бойынша сәўбетлесип, олардың мүрәжатларын тыңлады.
Қабыллаў даўамында пуқаралар тәрепинен тәбиий газ, ишимлик суўы, жол ҳәм бәнтлик мәселелери бойынша мүрәжатлар билдирилди.
Қабыллаўда усы аўыл турғыны, Мәтенов Байғабыл тәрепинен «Гузберген» аўылының үй алды қыйтақ жерлерин суўғарыў ушын электр насозға мүтәж екенлиги бойынша өтиниши билдирилди. Пуқараның мүрәжаты сол жердиң өзинде үйренилип, район ҳәкимлиги тәрепинен унамлы шешилип берилди.
Қабыллаўдан соң, район ҳәкими, районлық медицина бирлеспеси шыпакерлери менен биргеликте аймақтағы бир қатар наўқас пуқаралардың ҳал-жағдайларынан хабар алды ҳәм шыпакерлер тәрепинен ден-саўлықлары тексерилип, машқалалары үйренилди.
Сондай-ақ усы күни сектор баслықлары өз исбилерменлигин басламақшы болған жаслардың жумыслары менен танысып, олар менен пикирлер алмасты.