Қараөзекте фитнес клубы ашылды

Қараөзекте аймақ халқының спорт пенен турақлы шуғылланыўы, ден-саўлықларының беккемлениўи ушын «Ата мәкан» МПЖ ны аймағынан фитнес-клуб ашылды.

Бүгин усы имараттың ашылыў салтанаты болып, оған район ҳәкими У. Утамбетов, сектор баслықлары менен аймақ турғынлары қатнасты.

Ашылыў салтанатында район ҳәкими, аўыл жас үлкенлери,  бәршени имараттың ашылыўы менен қызғын қутлықлап дәстүрий лента кесилди. Буннан соң мийманлар спорт клубтың ишки қолайлықлары менен танысып, жас спортшылар менен пикирлести

Фитнес-клуб  баслығының айтыўынша спорт залға 100 млн сум нан аслам қаржы жумсалып, заманагөй спорт инвентарлары менен тәмийинленди.

Спорт пенен шуғылланыўшылар ушын жумыс ўақты азанғы саат 9:00 ден, кешки сааат 20:00 ге шекем алып барылады. Бул орында 5 жастың турақлы жумыс ислеўи ушын имканиятлар жаратылады. Соның менен бирге спорт залымызда ер баллар ҳәм ҳаял-қызларымыздың спорт пенен шуғылланыўы ушын барлық шараятлар жаратылған дийди жеке исбилермен Қалбай Жәлиев.