Қараөзек районы медицина бирлеспесине қараслы «Халықтың саламат турмыс тәризин қоллап-қуўатлаў ҳәм физикалық белсендилигин асырыў бөлими» тәрепинен медицина хызметкерлери менен биргеликте «Ассалам таң» шынығыўлары өткерилди.
Буннан тийкарғы мақсет, жәмийетимизде саламат турмыс тәризин кең түрде үгит-нәсиятлаў, ғалабалық спортты жәнеде раўажландырыў, саламат турмыс тәризине үйретиў болып табылады.