Жасыл макан акциясы басламасы, Қараөзек районында шөлкемлескенлик пенен алып барылмақта.
Усы мүнәсибет пенен район ҳәкими райондағы бир қатар фермер хожалықларының атыз басындағы абаданластырыў жумыслары менен танысып, жап-салмаларды тазалаў, салма бойларына егилип атырған мийўе ҳам терек нәллериниң тәрбия ислерине итибар қаратпақта.
Сондай-ақ усы күни ройон орайындағы дем алыў бағындағы исленип атырған жумысларын көзден өткерип, тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди.
Қараөзек районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети