Үш әўлад ушырасыўы

Қараөзек районы «Есим» МПЖ аймағындағы 1-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде «Үш әўлад» ушырасыўы болып өтти.
Илажға Халық қабыллаўханасы баслығы Б. Мамутов, Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў бөлими баслығы орынбасары М. Гүлимбетов, жасы үлкен нураныйлар, мийнет ветеранлары менен оқыўшы жаслар қатнасты.
Илаж даўамында мәмлекетимизде болып атырған жаңаланыўлар, жасларға қаратылған кең мүмкиншиликлер атап өтилип, өзлериниң өмир жоллары ҳаққында оқыўшы жасларға мағлыўматлар берилди.