Районда “Аналар бағы” жаратылды.

“Жасыл мәкан” улыўма миллий ҳәрекети шеңберинде райондағы “Қутлы мәкан” МПЖ жыйынында “Аналар бағы” жаратылды.
Илажға Қараөзек районы ҳәкиминиң орынбасары, шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы П. Өтениязова, нураный аналар менен белсенди ҳаял-қызлар ҳәм районлық абаданластырыў бөлими хызметкерлери қатнасты.
Усы күни бул орынға 300 түптен артық мийўели ҳәм декоратив терек нәллери отырғызылып, араларына гуллер егилди.