РАЙОНДА БАЙРАМ ИЛАЖЫ ӨТКЕРИЛДИ.

Райондағы 16-санлы балалар музыка ҳəм көркем-өнер мектебинде 9-Апрель Қарақалпакстан Республикасы Конституциясының қабыл етилгенлигиниң
29 жыллық байрам салтанаты кең түрде белгиленип өтилди.

Байрам салтанатына райондағы төрт сектор баслықлары, мəкеме, кəрхана басшылары менен ғалаба хабар қураллары ўəкиллери қатнасты.

Байрам илажында район ҳəкими У.Утамбетов, районлық халық қабыллаўхана баслығы Б. Мамутов  ҳəм басқалар шығып сөйлеп, қатнасыўшыларды байрам салтанаты менен қызғын қутлықлады.

Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы да 1993-жыл 9-апрель күни қабыл етилип, бүгинге шекем бул уллы тарийхый сәне, байрам сыпатында салтанатлы түрде белгиленип келинбекте.

Бүгинги күнде елимизде барлық тараўларда ерисилип атырған жетискенликлеримиз Конституциямызда беккемленип қойылған қағыйда ҳәм принциплер менен тығыз байланыслы.

Конституциямыз ҳуқықый системаның тийкарғы ҳуқықый дереги сыпатында, оған басқа нызамлар қарсы келиўи мүмкин емес. Сонлықтан конституция Тийкарғы нызам есапланады.

Конституцияда мәмлекеттиң өзи пуқаралардың Конституция ҳәм нызамлар менен бекитилген ҳуқықларын ҳәм еркинликлерин тәмийинлеўи ҳәм ҳәр бир инсанның өз ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин суд арқалы қорғаў әмелге асырыўы белгиленген.

Қарақалпақстан Республикасының Конституциясы инсан ҳуқық ҳәм мәплериниң тийкарғы кепили сыпатында халқымыздың арзыў-әрманларын, мақсетлерин жүзеге шығарыўшы ең әҳмийетли ҳүжжет болып есапланады.

Өткерилген илажда байрам мүнәсебети менен бир қатар ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлерине район ҳəкимлигиниң ҳүрмет жарлықлары тапсырылды.

Байрам кешеси  районлық Мəденият бөлими ғайраткерлериниң йошлы концерт бағдарламасы менен даўам етти.