Районда ғалабалық спорт жарысларына старт берилди.

Бүгин Қараɵзек районында мǝҳǝллелерде жасаўшы жаслар арасында спорт түрлери бойынша ғалабалық спорт жарысларыныӊ ашылыў мǝресими болып өтти.
Ашылыў салтанатына Қараɵзек районы ҳǝкиминиң биринши орынбасары Қ. Азербаев, Қарақалпақстан Республикасы спортты раўажландырыў министри орынбасары А. Алланазаров, районлық Жаслар ислери агентлиги, районлық Халық билимлендириў бөлими, спортты раўажландырыў бөлимлери ҳǝмде мǝҳǝлле жаслары қатынасты.

Онда шығып сөйлеўшилер, спортшыларды жарыстың басланыўы менен қызғын қутлықлап, жасларымызды бос ўақытларында спорт пенен турақлы шуғылланыўына шақырды.
Буннан соң, қатнасыўшылар спортшылардың шығыўларын ҳәм концерт бағдарламаларын тамаша етти.