23-мектептиң “Темурийлер” топары республикада женимпаз болды.

Жасларды әскерий Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, жәмийетлик-сиясий билимлерин жәнеде беккемлеў ҳәм саламат турмыс тәризин ен жайдырыў мақсетинде, “Ўатансүйиўшилер” әскерий спорт жарысының Қарақалпақстан Республикасы финал басқышы өткерилди.
Республикамыздың қала ҳәм районларынан келген улыўма орта билим бериў мектеплериниң 10-11-класс оқыўшылары арасында өткерилген бул жарыста, белгиленген шәртлер жуўмағы бойынша Қараөзек районы 23-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң “Темурийлер” топары сыйлы, 2-орынды ийелеп Өзбекстан Республикалық басқышына жоллама алды.

Усы мүнәсебет пенен район ҳәкими жеңимпазлар менен кеңнен сәўбетлесип, олардың қолға киргизген жетискенликлери менен қутлықлады ҳәм район ҳәкимлиги тәрепинен таярланған диплом ҳәм қымбат баҳалы саўғалары менен сыйлықланды.