Бүгин Қараөзек районы халық билимлендириў бөлимине қараслы 2-санлы мектепте питкериўшилердиң жоқары оқыў орнына кириў көрсеткишлерин жақсылаў мақсетинде, Мәмлекетлик тест орайының Қарақалпақстан Республикасындағы бөлими ҳәм районлық халық билимлендириў бөлими тәрепинен питкериўши жаслар ушын диагностикалық тест сынаўлары шөлкемлестирилди.
Илажға район ҳәкими орынбасары И. Қосыбаев, районлық халық билимлендириў бөлими баслығы А. Қалилаев, Мәмлекетлик тест орайының Қарақалпақстан Республикасындағы бөлими баслығы М. Абдуллаев ҳәмде районлық халық билимленлендириў бөлими хызметкерлери қатнасты.
Тест сынаўларына райондағы мектеплерден жәми 155 оқыўшы қатнасып, өз билимлерин сынақтан өткермекте.
Соның менен бирге, питкериўши жасларға Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 14-майдағы “Жоқары оқыў орынларына тест сынаўлары арқалы қабыллаў системасын жетилистириў бойынша қосымша ис-илажлары ҳаққында” ғы ПҚ-4319-санлы қарары ҳәмде Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 13-майдағы “Жоқары оқыў орынларына оқыўға қабыл етиўде миллий ҳәмде халықаралық баҳалаў системалары сертификатларын енгизиў илажлары ҳаққында” ғы 395-санлы, 2020-жыл 12-октябрьдеги “Улыўма билим бериў пәнлерин билиў дәрежесин баҳалаўдың миллий тест системасын енгизиў ҳаққында” ғы 646-санлы қарарлары мазмун- мәниси ҳаққында толық түсиниклер берилди.
Бул сыяқлы илажлардың өткерилиўи, питкериўшилеримиздиң жоқары оқыў орынларына таярлығын асырыўда түртки болары сөзсиз. Районымызда бул бағдардағы жумыслар еледе даўам етеди.