Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 14-августтағы ПҚ-3907-санлы қарары тийкарында, райондағы “Қутлы мәкан” МПЖ аймағынан «Оқытыўшылар бағы» шөлкемлестирилген еди.
Усы жерде район ҳәкими, районлық ХББ не қараслы мектеп директорларының қатнасыўында семинар кеңес болып өтти.
Онда район ҳәкими У. Утамбетов жаңадан егилген бағқа үлес қосқан бәрше тараў хызметкерлерине миннетдаршылығын билдирип, ҳәр бир мектептиң әтирапларын усындай жасыл майданға айландырыў ҳәм бағ жаратыў, бүгинги күнниң әҳмийетли ўазыйпаларынан екенлигине тоқтап өтти.
Буннан соң семинар қатнасыўшылары, бул жердеги исленип атырған жумыслар менен танысып, мийўе нәллерин оырғызды.
Мағлыўмат орнында айтып өтиў керек, бүгинги күнге шекем бағқа 210 түп мийўе ҳәм 1900 түп декоратив терек нәллери, еки орынға ыссыхана қурып, ишлерине ерте писер нәллер отырғызылып, тәрбияланып атыр.