Қараөзек районында Республикалық ашық турнир болып өтпекте.

Қараөзек районындағы елимизге белгили устаз, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан чемпионы, Қарақалпақстанның бас палўаны, мархум Өмирбек Айтымовтың 80 жасқа толыў естелигине бағышланып, спорттың «Кураш» түри бойынша Республикалық ашық турнири болып өтпекте.
Турнирдиң ашылыў салтанатында район ҳәкими У. Утамбетов, нураный спортшылар шығып сөйлеп, Ө. Айтымовтың өмир жолы, өзи жасаған дәўирлериндеги жетискенликлерине тоқтап өтип, жас палўанларымызға Ө. Айтымовтай елимизге белгили палўанлар болып жетилисиўине тилеклер билдирди. Буннан соң, ҳәр салмақ бойынша гилемге палўанлар мират етилип, беллесиўлер алып бармақта.
Жарыс кескин беллесиўлер менен даўам етип, жеңимпазларымызды район ҳәкимлиги тәрепинен шөлкемлестирилген қымбат баҳалы саўғалары күтпекте.