СЕНАТОР ҚАРАӨЗЕК РАЙОНЫНДА СЕМИНАР ӨТКЕРДИ.

 

Бүгин район ҳәкимлигиниң мәжлислер залында Пуқаралар жыйынлары баслықлары (ақсақаллары) сайлаўын шөлкемлестириў ҳәм өткериўге арналған семинар кеңес болып өтти.
Семинарға сектор баслықлары, ҳәким орынбасарлары, районлық кеңес депутатлары менен исши топар баслықлары ҳәм ағзалары қатнасты.
Онда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзасы, Б. Мәтмуратов шығып сөйлеп, пуқаралар жыйынлары баслықлары (ақсақаллары) сайлаўы ҳаққында” ғы Нызамның мазмун-мәнисин кеңнен түсиндирип, ҳуқықый түсиниклер берип өтти. Семинар сораў жуўаплар менен даўам етти.