Мәмлекетимиз тәрепинен алыс аўыллық жерлердеги халықтың ден-саўлығын беккемлеў оларға медициналық хызмет көрсетиў сапасын жетилистириў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Бул бағдардағы жумыслар, Қараөзек районындада басқышпа-басқыш жүргизилип атыр.
Райондағы «Есимөзек» АПЖ ны турғынлары көп жыллардан берли «Шаңарақ шыпакерлик пунктин» қосып бериў бойынша район ҳәкимлигине мүрәжат еткен еди.
Бүгин усы пуқаралардың мүрәжатлары орынланып, шыпакерлик пункттиң ашылыў салтанаты болып өтти.
Ашылыў салтанатына, район ҳəкими орынбасары И. Қосыбаев, Қарақалпақстан республикасы ден-саўлықты сақлаў министрлигинен хызметкерлер ҳəм бир қатар аўыл ақсақаллары менен медицина хызметкерлери қатнасты.
Онда шығып сөйлеўшилер, аўыл халқын ҳәм медицина хызметкерлерин емлеў орайының ашылыўы менен қызғын қутлықлап, қурылысшыларға өз миннедаршылықларын билдирди.
Буннан соң дәстүрий лента кесилип, емлеў орнындағы наўқаслар ушын жаратылған қолайлықлар ҳəм ишки мүмкиншиликлери менен танысып шықты.