Республикалық оқыў семинары шөлкемлестирилди.

Райондағы кәсип-өнер мектебинде Профессионал оқыў орынларында оқыў-тәрбия жумысларының сапасын ҳәм нәтийжелигин асырыў, (WorldSkills)-Дүньяны өз кәсип шеберлигим менен өзлестиремиз стандартлары тийкарында оқыў процессин шөлкемлестириў темасында Республикалық оқыў семинары шөлкемлестирилди.

Семинарға Қарақалпақстан Республикасы Кәсиплик билимлендириўди раўажландырыў ҳәм муўапықластырыў басқармасы методистлери, оқыў орны директорлары ҳәм педагог хызметкерлер, ҳәмде районлық кәрхана ҳәм шөлкем ўәкиллери қатнасты.

Семинардың мақсети, арнаўлы пән оқытыўшылары ҳәм ислеп шығарыў тәлим усталары тәрепинен теориялық ҳәм әмелий сабақларды WorldSkills стандартлары тийкарында шөлкемлестириў сабақтың сапасын асырыў оқыўшылардың кәсиплик шеберлигин арттырыў, олардың әмелиятта қоллаўы ҳәм өз-ара тәжирийбе алмасыўы болып табылады.
Семинар жуўмағында қатнасыўшылар өзлерине керекли мағлыўматларды алып, тажирийбелер алмасты.