Корея халық-аралық бирге ислесиў Агентлиги (KOICA) ҳәм Глобал жасыл өсиў институты (GGGI) тәрепинен қаржыландырылған “Арал теңизи апатшылығының тәсирин сапластырыў ушын Қарақалпақстан Республикасын жасыл реабилитациялаў инвестициялық жойбары” тәбийғый апатлардан ең көп жәбир көреген аймақ халқына жәрдем көрсетиў мақсетинде, республикамыздың арқа районларынан Кегейли, Қараөзек, Шымбай, Бозатаў районларында Арал теңизи кризиси ақыбетлерин сапластырыў мақсетинде, Қарақалпақстан Республикасы реабилитация қылыў инвестиция жойбары шеңберинде техник мәсләҳәт ушырасыўын өткериў режелестирилген еди.
Усы илаж Қараөзек районында болып өтти. Оған Өзбекстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети, Human Asia, Green Asia Network мәмлекетлик уйымлары, районымыздағы тийисли мәкемелер басшылары, МПЖ, АПЖ баслықлары, районлық Мәмлекетлик тоғай хожалығы, аўыл хожалығы ҳәм ирригация бөлими, Жаслар ислери агентлиги ҳәм әтирап орталықты қорғаў инспекциясы инпекторлары менен исбилерменлер қатнасты.
Жойбардың тийкарғы мақсети, Қарақалпақстанда климатқа шыдамлы аўыл хожалығы менен бирге агробизнестиң қосымша күн дизбегин жаратыў арқалы тәбияттың апатшылық қәўпин азайтатуғын, азық-аўқат қәўипсизлиги менен турмыс шараятын жақсылайтуғын, соның менен бирге жергиликли халықты турақлы жумыс орынлары менен тәмийинлеўге жәрдемлесетуғын жасыл реабелитация, инвестиция режелерин ислеп шығыўдан ибарат.
Илаж даўамында тийисли қәнигелер тәрепинен, қатнасыўшыларға жойбардың мақсети кеңнен түсиндирилди.