Жасыл макан

Усы жылдың 25-март сәнесин баслап, 5-май сәнесине шекем «Әҳмийетли 40 күнлик» жәрияланды.
“Әҳмийетли 40 күнлик” абаданластырыў илажлары Қараөзек районында шөлкемлескенлик пенен даўам етип атыр.
Илажға райондағы мәкеме, МПЖ хызметкерлери үлгили қатнасып, жол бойларына мийўели ҳәм терек нәллерин отырғызбақта.
Ҳүрметли районымыз турғынлары!
Бул илажға ҳәр бириңиз өзиңиз жасап турған аймағыңызды, көшеңизди ҳәм мәҳәллелериңизди абаданластырыўға ҳәм көклемзарластырыўға белсене қатнасып, экологиямыздың тазалығына өз үлесиңизди қосыўға шақырып қаламыз!