ДӨРЕТИЎШИ-МӘДЕНИЙ МӘСЕЛЕЛЕР БОЙЫНША ЕҢ БЕЛСЕНДИ ҮГИТ-НӘСИЯТШЫ» ТАҢЛАЎЫНЫҢ РАЙОНЛЫҚ БАСҚЫШЫ ӨТКЕРИЛДИ.

Районлық халық билимлендириў бөлимине қараслы улыўма билим бериў мектеплериниң дөретиўши мәдений-мәселелер бойынша үгит-нәсиятшыларының ис тәжирийбесин ен жайдырыў мақсетинде «Дөретиўши-мәдений мәселелер бойынша ең белсенди үгит-нәсиятшы» Республика таңлаўының Қараөзек районлық басқышы болып өтти.

Дөретиўши-мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятшылар белгиленген баҳалаў критериялар тийкарында өз-ара беллести.

Таңлаў жуўмағында төрешилер қурамы тәрепинен жеңимпазлар анықланып, 32-санлы улыўма билим бериў мектебиниң дөретиўши-мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятшысы Г. Оразымбетова ҳәм 2-санлы мектептиң үгит-нәсиятшысы А. Баймуратоваларға Қарақалпақстан Республикасы басқышына жолламалар берилди.