Бүгин райондағы “Қутлы мәкан” МПЖ турғыны, Халық депутатлары районлық Кеңеси депутаты М. Гүлимбетовтың шаңарағында көргизбели семинар кеңес болып өтти.
Семинарды районлық фермер дийхан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси шөлкемлестирип, оған усы аймақ турғынлары ҳәким жәрдемшилери менен МПЖ ақсақаллары қатнасты.
Семинарды өткериўден тийкарғы мақсет, қыйтақ жер ийелериниң жерлерден өнимли пайдаланыўы ерте писер овощ-палыз егинлерин өз ўақтында егиў, олардың агротехникалық қәделери, жерлерди егиске таярлаў усыллары бойынша, тийисли тараў қәнигелери мәсләҳатлерин берди.
Семинар қатнасыўшылары шаңарақ ийесиниң бул бағдардағы ислеп атырған жумыслары менен танысып, оның менен тәжирийбелер алмасты.